Филология факультетинде китапқумарлық мәдениятын арттырыў бойынша студентлер менен сәўбетлесиў болып өтти

Институтымыздың филология факультетинде студентлер арасында китап оқыў, китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Китапқумарлық мәденияты» атамасында дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў болып өтти.


Онда сөзге шыққанлар Президентимиздиң елимизде, әсиресе, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратып атырғаны, сондай-ақ, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийетине кеңнен тоқталды.