Мектепке шекемги тәлим кафедрасында билимлендириў системасындағы реформалар додаланды

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети мектепке шекемги тәлим кафедрасында студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Билимлендириў системасындағы реформалар» атамасында дөңгелек стол сәўбети болып өтти.

Онда системадағы реформалар ҳәм өзгерислердиң әҳмийети, мазмуны студентлерге толық түсиндирилди.