Тарийх-география факультетинде Арал апатшылығын сапластырыў стратегиясы ҳәм оның халықаралық әҳмийетине арналған оқыў курсы болып өтти

Усы жылдың 31-январь күни институтымыздың тарийх-география факультетинде академик Жуманазар Базарбаевтың «Президент Ш.Мирзиёевтиң «Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў стратегиясы ҳәм оның халықаралық әҳмийети» атамасындағы оқыў курсы болып өтти.

Оған факультеттиң барлық профессор-оқытыўшылары ҳәм миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының питкериўши курс студентлери қатнасты.

Оқыў курсында бүгинги күни тек ғана регионаллық емес, пүткил дүнья жүзилик экологиялық машқалаға айланған Арал апатшылығы ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўдың әҳмийети жөнинде айтып өтилди. Буның ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 24-август күни Түркменстан Республикасының Түркменбашы қаласында Аралды қутқарыў бойынша халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекет басшылары Кеңесиниң әнжуманында усыныс еткен Арал апатшылығын сапластырыўдың жаңа стратегиясы үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтилди.

Академик Ж.Базарбаев Арал апатшылығының жүзеге келиў себеплери ҳәм оны сапластырыў бойынша алдын усыныс етилген стратегиялар ҳаққында айта келип, олардың илимий тийкардан бираз кемшиликлерге ийе болғанлығы, дүнья илимпазларының бул кемшиликлер ҳаққында билдирген пикир-усынысларына тоқталды. Сондай-ақ, Президентимиз усынған жаңа стратегия ҳәр тәреплеме илимий тийкарланған, әмелиятта дәлилленген усыллардан ибарат екенлиги әмелий мысаллар менен атап көрсетилди. Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен усынылған жаңа стратегияның мазмуны соннан ибарат, бунда Арал апатшылығын сапластырыў ушын оның қурғаған ултанында жасыл тоғайлықларды пайда етиў ҳәм бул арқалы аймақтың экологиялық турақлылығын тәмийинлеп, келешекте «Жасыл экономика»ны пайда етиўден ибарат болып есапланады. Буның ушын Арал теңизиниң қурыған ултанында шөлге шыдамлы ҳәм шарўашылықта кең пайдаланылатуғын өсимликлерди егиў ҳәм тоғайлықларды пайда етиў ўазыйпасы турғанлығы айрықша атап өтилди. Илимпазлардың айтыўына қарағанда, буның ушын 10-12 жыл ўақыт зәрүр болады. Және де бул мәселеге дүнья жүзилик итибарды қаратып, инвестициялар киргизиў арқалы жумыс пәтин жеделлестириў бойынша исленип атырған жумысларға да тоқтап өтти.

 

Баспасөз хызмети