Тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдары студентлерине Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў бойынша оқыў курсы өтилди

Усы жылдың 31-январь күни институтымыздың тарийх-география факультети тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдары питкериўши курс студентлерине «Президент Ш.Мирзиёевтиң «Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў стратегиясы ҳәм оның халықаралық әҳмийети» атамасындағы оқыў курсы болып өтти.
Курсты факультет деканының жаслар мәселелери бойынша орынбасары М.Алланиязова алып барды.

Оқыў курсында бүгинги күни тек ғана регионаллық емес, пүткил дүнья жүзилик экологиялық машқалаға айланған Арал апатшылығы ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўдың әҳмийети жөнинде айтып өтилди. Буның ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 24-август күни Түркменстан Республикасының Түркменбашы қаласында Аралды қутқарыў бойынша халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекет басшылары Кеңесиниң әнжуманында усыныс еткен Арал апатшылығын сапластырыўдың жаңа стратегиясы үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтилди.
Баспасөз хызмети