Институтымызда Олий Мажлис Сенаторы ҳәм комитет баслығы менен ушырасыў болып өтти

2018-жылы 11-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжлислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаторы, Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитет баслығы Батыр Мәтмуратов пенен ушырасыў кешеси болып өтти.

«Бүгинги күнде суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар» атамасындағы ушырасыўға институтымыздың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм усы тийкарда әмелге асырылып атырған жумыслар, өзгерислер, жаңалықлар ҳаққында сөз болды.

Атап айтқанда, Сенатор  мәмлекетимиздиң  жәҳән  аренасында  абыройының  артып баратырғанлығы, суд-ҳуқық системасындағы мәселелер: әдил судлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, нызам қабыл етиў процеси, коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында мағлыўматлар бере отырып, қатнасыўшылар тәрепинен берилген сораўларға анық ҳәм толық, турмыслық мысаллар менен жуўаплар берди. Соның менен бирге, бул мәселелер, әсиресе, келешек жасларға байланыслы екенлигин атап өтип, жасларды китап оқыўға, мәнаўий кәмилликке умтылыўға шақырды.

Баспасөз хызмети