Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша илажлар өткерилди

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлериниң бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде руўхый-ағартыўшылық илажлары турақлы өткерилип келинбекте.
Атап айтқанда, студентлер қатнасыўында «Биз саламат турмыс тәризи тәрептарымыз» атамасында дөңгелек стол сәўбети болып өтти.

Сондай-ақ, 5-февраль күни АИЖС/АИВ, нәшебентлик, спиртли ишимликлерди ишиў, сигарета шегиў сыяқлы иллетлердиң алдын алыўға арналған үгит-нәсият илажы өткерилди.