Студентлер турақ жайында дөңгелек стол сәўбети өткерилди

Институтымыздың студентлер турақ жайында жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректор Қуўандық Қадиров студентлер менен дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў өткерди.

Илажда студентлердиң сабақлардан тыс ўақытларында нелер менен бәнт болып атырғаны, оларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етилди.

Сәўбетлесиў сораў-жуўаплар менен даўам етти.