Институтымызда «Миллий тикланиш» партиясының «Хызмет – бийминнет» жойбары тийкарында оқыў курсы ашылды

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң басламасы менен институтымызда «Жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик сиясий белсендилигин арттырыўда ӨзМТДП «Жаслар қанаты», «Ҳаял-қызлар қанаты» алдында турған ўазыйпалар» атамасындағы сәўбетлесиў кешеси болып өтти.
Илаж шеңберинде институтымыз қасындағы Абитуриентлер таярлаў орайы ҳәм институтқа қараслы тигиў цехында «Хызмет – бийминнет» жойбары тийкарында оқыў курсының ашылыў салтанаты да болып өтти.

Илажға Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары М.Қурбанов, А.Маткаримова, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты А.Далымбетова, халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты П.Адилов, Тақыятас районлық балалар үйи директоры А.Омирова, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы кеңеси Атқарыў комитети аппараты ҳәм Тақыятас районлық партия шөлкеми хызметкерлери, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Шығып сөйлеўшилер «Хызмет-бийминнет» жойбары ҳаққында кең түсиндирип, оқыў курсы оқытыўшы ҳәм оқыўшыларына табыслар тиледи.

Ушырасыўда партия қатарына жаңадан ағза болғанларға ағзалық гуўалықлары тапсырылды.
Илажда Тақыятас районлық балалар үйи тәрбияланыўшылары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының талантлы жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Белсене қатнасқанла партия тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.