Тарийх-география факультетинде профилактикалық инспектор менен ушырасыў болып өтти

Институтымыздың тарийх-география факультетинде Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими профилактикалық инспекторы Р.Нуратдинов пенен ушырасыў болып өтти.

«Пийшемби – профилактика күни» мүнәсибети менен өткерилген ушырасыўда тараў қәнигеси жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, түнги ўақытларда биймезгил жүрмеў, ҳәр қыйлы бузғыншы ағымлардан абайлы болыў бойынша шығып сөйледи.