Баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшылары 7-санлы мектепте сәўбетлесиў өткерди

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасының профессор-оқытыўшылары Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде сәўбетлесиў өткерди.
Тастыйықланған жоба тийкарында мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм мектеплер менен бирге ислесиў мақсетинде «Тәлим-тәрбияның актуал мәселелери» атамасында өткерилген сәўбетлесиўде тема дөгерегинде пикир алмасыўлар даўам етти.