Педагогика факультетинде «Факультет арыўы» таңлаўы өткерилди

Институтымыздың педагогика факультетинде «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы шөлкемлестириўинде «Факультет арыўы» таңлаўы болып өтти.

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, сиясий билимлерин жетилистириў, турмысқа таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўда қатнасыўшылар 4 шәрт бойынша өзлериниң қәбилетлерин көрсете алды.

Таңлаў жуўмағында өзиниң айырықша шеберлиги, билими менен ажыралып турған музыкалық тәлим бағдарының 3-курс студенти Улбосын Абатбаева жеңимпаз деп табылып, «Факультет арыўы» болды.

Барлық қатнасыўшылар партия ҳәм факультет жәмәәти тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы және саўғалар менен сыйлықланды.