Есте қаларлық ушырасыў

Усы жылы 4-март күни Филология факультети Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 1-а топары студентлери тәрепинен өткен жылдың 9-12-декабрь күнлери Россия Федерациясы Татарстан Республикасы Казань федерал университетиниң Лев Толстой атындағы филология ҳәм мәдениятлар аралық байланыслар институтында Россия халықлары ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы еллериниң түркий халықлары әдебияты бойынша оқыўшы ҳәм студент жаслар арасында болып өткен халықаралық фестивальға табыслы қатнасып қайтқан филология факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының студентлери Г.Оразбаева, Д.Қудиярова ҳәм А.Тилеповалар менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда фестиваль қатнасыўшылары фестиваль тәсирлери ҳаққында өз заманласлары менен пикир алмасты. Ушырасыў қызықлы болып өтти.

Бул ушырасыўды шөлкемлестириўде 1-а топары талабасы Матжанова Бахытгүл белсендилик көрсетти.