Институтымыздың арнаўлы сыртқы бөлими студенти ҒМДА Бас басқармасы тәрепинен сыйлықланды

Жаңалыққа жаны қумар журналист халқы бир жаңалықты еситсе, сол бойынша толық мағлыўматқа ийе болмағанша тынып-тыншыўды билмейтуғын инсанлар.
Сонлықтан да, институттың Арнаўлы сыртқы бөлиминиң студенти Қурбанбай Сайдуллаевтың Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы Бас басқарма кеңесиниң жаўынгер-интернационалистлер менен ислесиў Комитети шешими менен «Аўқам жаўынгерлериниң Аўғанстан жеринен шығарылғанына 30 жыл» юбилейлик медалы менен сыйлықланғанын еситип, ол ҳаққында газета оқыўшыларына кеңирек мағлыўмат бериў мақсетинде Хожели районының 19-санлы мектебине жол алдық.
Себеби, бундай сыйлықлар өз-өзинен бериле бермейди оның негизинде тынымсыз мийнет, пидайылық, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысы ушын ислеў керек болған перзентлик ўазыйпаға деген садықлық турғаны өз өзинен белгили. Мектеп район орайынан 40 километрдей қашықлықта жайласқан екен. Пайтахттан бираз қашықлықтағы алыс аўылларымызда жайласқан мектеплерди дөретиўшилик сапарларымыз даўамында бираз жыллар алдын көргенлерим көз алдыма елеслеп, мектепти аўҳалын басқаша елеслеткен екенмен. Мектептиң дәрўазасынан кирип барыўдан-ақ ол жердеги әжайып тәбият көринисин көрип, ҳәзир жамалын жасырып турған тереклердиң бәҳәр, жаз айларында көк липасқа бөленген өзгеше бир пайызлы орынға айланатуғынын көрмей аңлаў мүмкин. Булардың барлығы бул жердеги әжайып жәмәәттиң, пидайы инсанлардың тер төгип еткен мийнетиниң жемиси екенлиги өз-өзинен көринеди. Ишке қәдем қояр екенбиз ол жердеги азадалық, орны орны менен орналастырылған баннерлер, әжайып безелиўлер бағана көз алдыма елеслестип киятырған қыялларымды серпип таслады.
Қурбанбай Сайдуллаев мектеп оқыўшысы ўақтында спорттың гандбол түри менен шуғылланып, район ҳәм республика көлеминдеги жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орынларды ийелеп, бир қатар даңғаралы табысларды қолға киргизди ҳәм спорт пенен шуғылланыў ушын шараяты төмен аўыллық жерден шығыўына қарамастан, республикамыздың жетекши спортшыларының бирине айланды. Хожели педагогикалық училищесин тамамлап, өзи тәлим алған мектебине дене тәрбиясы ҳәм әскерий шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәни муғаллими болып өзиниң туңғыш мийнет жолын баслады.
Ол аўыллық мектеп жасларын жоқары шоққыларға алып шығыў нийетинде дәслеп «Кеўилли стартлар» жарысына «Хожа ели» командасын алып шықты. 1988-89-жыллары район көлеминде жеңимпаз болса, 1990-жылы оның таярлаған «Хожа ели» командасы республика жеңимпазы болыўға еристи. Соннан 2004-жылға шекем республика көлеминде жеңимпаз ҳәм сыйлы орынларды ийелеп келди. Оның бул ерискен табысларына кеўли толған мектеп басшылары оған оқыўшы ўақтында өзи шуғылланған гандбол командасын таярлаўды усыныс етти.
Билдирилген исенимди ақлаўдың машақат екенин сезип турса да, бул иске және де жан-тәни менен киристи. Оның басшылығындағы гандбол бойынша мектептиң қызлар командасы 2006-2007-жыллары район көлеминде жеңимпаз, 2008-жылдан баслап республика бириншиликлеринде сыйлы орынларды ийелей баслады.
«Үмит нәлшелери-2012», «Үмит нәлшелери-2013» спорт жарысларының республикалық баскышларында, «Халық аралық балаларды қорғаў күни»не бағышланған ҳәм «Жазғы дем алыс-2012», «Жазғы дем алыс-2013», 2013-жылғы «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күнине, 2014-жылғы «Саламат ана ҳәм бала» жылына бағышланған республикалық жарысларда сыйлы орынларды, ал «Жазғы дем алыс-2014» ҳәм «Үмит нәлшелери-2014» жарысларының республикалық басқышларында оның шәкиртлери чемпион болыў бахтына миясар болды.
Сондай-ақ, мектептиң дене тәрбиясы муғаллими сыпатында таярлаған баскетбол, волейбол, стол тенниси ҳәм жеңил атлетика командалары да район көлеминде өткерилген спорт жарысларында мудамы сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Оның шәкиртлериниң бири Оразбай Раймов Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында Жиззақта болып өткен «Наўқыран әўлад-2017» спорт жарысында гүмис медаль ийесине айланса, Бану Юлдашева гандбол бойынша республика сайланды командасында жетекши ойыншылардың бири.
Қ.Сайдуллаев республикамызда спорт тараўын раўажландырыўда ҳәм жасларды әскерий шақырыққа таярлаўда еткен 30 жыллық пидайы мийнети ушын бир неше мәрте Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды, сондай-ақ, оған 2015-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы» көкирек нышаны берилди. Әлбетте, булар – оның тынымсыз ҳәм машақатлы мийнетиниң жемиси.
Оның көп жыллық ҳәм жемисли мийнети ылайық баҳаланып, «Аўқам жаўынгерлериниң Аўғанстан жеринен шығарылғанына 30 жыл» юбилейлик медалы менен сыйлықланыўы, әлбетте, бизиң институтымыз ушын да үлкен мақтаныш.
Биринши Президентимиз И.Кәримовтың «Келешеги уллы мәмлекетти саламат әўлад ғана қурыўы мүмкин, саламат әўладты дене тәрбия ҳәм спортсыз көз алдыға келтириў мүмкин емес» дегениндей, арнаўлы сыртқы бөлимниң студенти Қ.Сайдуллаевқа келешеги уллы мәмлекетти қурыўшы саламат әўладты таярлаўдағы пидәкерлик жумысларына еле де бәлент пәрўаз тилеп қаламыз.
А.ТӨРЕБЕКОВА.