Шет тиллери факультетинде Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди (фото)

19-март күни институтымыздың шет тиллери факультетинде 21-март – Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Байрамда ҳәр қыйлы миллий тағамлар, кийим-кеншеклер ҳәм ата-бабаларымыз пайдаланған буйымлар көргизбеси болды.

Соның менен бирге, студентлер йошлы қосық, намаларды атқарып, аяқ-ойынларға түсти.

Байрам шеңберинде факультет жәмәәтиниң басламасы менен студентлер турақ жайында жасайтуғын жаслар ушын Наўрыз палаўы писирилип, тарқатылды.