Студентлер турақ жайында «Қызым – намысым, арым» темасында дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиў болып өтти

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшылары А.Нажимова ҳәм С.Тажбеновалар басшылығында студентлер турақ жайында дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиў болып өтти.

«Қызым – намысым, арым»  темасында өткерилген илажға Қарақалпақ  мусылманлар қазыяты ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Тамара Досымбетова қатнасып, тема дөгерегиндеги өз пикирлери менен бөлисти.