Контракт пулын төлеў мүддети узайтылды

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2019-жыл 25-марттағы 16-санлы протоколы тийкарында республикамыздағы жоқары оқыў орынларының бакалавриаты ҳәм магистратурасында төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлерге 2018-2019-оқыў жылы ушын шәртнама төлемлериниң екинши ярымын төлеў мүддети быйылғы жылдың 15-апрелине шекем (сол күни киреди) узайтылды.

Бул ҳаққында ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

 

Ислам Матеков.