Институтымыз магистрантлары ҳәм студентлери «Аралды қутқарайық» атамасындағы конференцияға қатнасты

30-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында халықаралық шөлкемлер менен бирге Орайлық Азия жасларының «Аралды қутқарайық» атамасындағы илимий-әмелий конференциясы болып өтти.

Оған институтымыздың профессор-оқытыўшылары, магистрантлар ҳәм студентлер қатнасты.

Илажда сөзге шыққан сырт елли ҳәм жергиликли экспертлер Арал бойындағы экологиялық машқалаларға шешим табыўдың жаңа инновациялық усылларын ойлап табыў ҳәм барларын әмелиятқа кең енгизиў, бунда сырт ел тәжирийбесин қолланыў бойынша кең түсиниклер берди.

Арал теңизиниң қурғаған ултанында шаң-тозаңлардың ҳаўаға көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде сырт ел тәжирийбелери менен бөлисти.

Илаж сораў-жуўаплар менен даўам етти.