#bookchallenge Магистрантлар академиялық лицей оқыўшыларына китаплар саўға етти

Институтымыздың магистратура бөлими магистрантлары #bookchallenge акциясында белсендилик көрсетпекте.

Олар институтымыздың академиялық лицейи оқыўшылары менен ушырасып, оларға көркем-әдебий ҳәм илимий китапларды саўға етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 19-март күни жаслар мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысында атап өткениндей, ҳәр қандай басшы лаўазымда жумыс ислеп атырған адамлар ямаса жәмийет алдынғылары болған белсенди инсанлар өзлери оқып билим алған мектеплер ҳәм оқыў орынларына китаплар саўға етиўи үлгили жумыслардың бири болып табылады.

Магистрантлар институтымыздың барлық студентлерин усы акцияда белсене қатнасыўға шақырып қалады.