Педагогика факультетинде «Time-management» семинар-тренинги болып өтти

3-апрель күни институтымыздың педагогика факультети педагогика ҳәм психология тәлим бағдары профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнасыўында «Time-management» атамасындағы семинар-тренинг болып өтти.
Илаж педагогика ҳәм психология тәлим бағдары 4-е курс студентлери А.Байбулов ҳәм З.Ҳайтбаевалар тәрепинен шөлкемлестирилди.

Семинарда ўақытты басқарыў ҳәм жобаластырыў, пулға болған дурыс қатнасықты қәлиплестириў, пикирлеў тәризин өзгертиў, жеке раўажланыў, бизнес баслаў бойынша дәслепки билимлерге ийе болыў бойынша презентациялар, мотивациялық видеолар арқалы қатнасыўшыларға кең түсиниклер ҳәм мағлыўматлар берилди.