Пидайы дөретиўши ҳәм дөретиўши жаслардың көрнекли устазы

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң   «Китап өнимлерин баспадан шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын асырыў ҳаққында»ғы тапсырмасын орынлаў бойынша институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары тәрепинен тилге тийек боларлық жумыслар әмелге асырылмақта.

Жақында жаңадан баспадан шығарылған китаплар менен танысыў мақсетинде институттың Баспа редакциясына бардық. Редакцияның бас редакторы Қутлымурат Қощанов ҳәм басқа да редакция хызметкерлери жыллы жүзлилик пенен бизди күтип алды. Бизиң мақсетимизди билгеннен кейин ҳәр жылғы баспадан шығарылған китаплар өз алдына тақланған китап текшелерин нәзеримизге усынды. 2019-жылдың жаңа ғана еки айы өтиўине қарамастан, 8 китап баспадан шығарылған екен. Бизди таңландырған нәрсе китаптың саны емес, ал сол китаплардың алтаўының авторлар қурамында, биреўиниң жуўаплы редакторы ҳәм биреўине пикир билдирген сүйикли басылымымыз «Нөкис пединституты» газетасында мақалаларын, қосықларын, прозалық шығармаларын сүйип оқып, басқатырмаларын досларымыз бенен бирге талқылап отыратуғын, редакцияға барған ҳәр бир студент жасқа қозық, проза ҳәм мақала жазыў бойынша еринбестен мәсләҳәт берип баратуғын газета хызметкери А.Қаипов болды. Дене мәденияты факультетиниң муғаллимлери А.Ережепов пенен «Қарақалпақстан Республикасында байдарка ҳәм каноэда ескек есиў спортының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы», П.Насыров пенен «Жәҳәнге танылған палўанлар устазы», А.Дәўлетбаев пенен  «Бабалар ескегине садық мектеп» китабының төртинши бөлими, Г.Утепбергенов пенен «Палўанлардың ардақлы устазы», А.Бекназаров пенен «Тарийхый табысларға елтиўши устаз», ҚМУ студенти С.Зияев пенен «Оқытыўшылық кәсибиниң пидайысы» атамасындағы китаплары жарық көрген. Сондай-ақ, студент жаслардың дөретпелериниң жыйнағы Р.Рзаева екеўиниң жуўаплы редакторлығында баспадан шығарылса,  А.Бекмурзаев ҳәм Ж.Қаиповлардың «Палўанлар журтына устазлық еткен жәҳән чемпионы» атамасындағы китабына пикир билдирген. Әлбетте, булардың барлығы да дыққатқа сазаўар табыслар. Оның үстине өткен жылы оның бир жылда еки таңлаў жеңимпазы яғный Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен 2017-жылдың жуўмағы бойынша оның республикада ескек есиў спортын раўажландырыўда ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўдеги белсендилиги, сондай-ақ, «Қарақалпақстанда самбо гүресиниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы» атлы китабын баспадан шығарғаны ушын «Қарақалпақстан Республикасы спортын раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын» номинациясы, Қанлыкөл районының мектеп оқыўшыларының  «Қанлыкөл илҳамлары» ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлериниң дөретиўшилигинен «Алтын дәўир нәпеси» атамаларындағы китапларды баспаға таярлағаны ҳәм өзиниң авторлығындағы «Жетим қозы» атамасындағы повестьлер топламын менен «Бабалар ескегине садық мектеп» китабының 3-бөлимин баспадан шығарғаны ушын «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында жеңимпаз болыўы қәлеген инсанның дыққатын өзине тартатуғын қубылыс.

Бир жылда еки мәрте республикалық таңлаўда жеңимпаз болған, сондай-ақ, еки ай ишинде өзиниң алты китабын баспадан шығарып ҳәм еки китаптың баспадан шығыўында жуўаплы редактор ҳәм пикир билдириўши сыпатында белсендилик көрсеткен устаз ағамыз ҳаққында азы-кем сөз еткенди өзимше мақул деп билдим.

А.Қаипов 1963-жылдың 5-февралында Қанлыкөл районының Қуламет Жыраў атындағы хожалығы аймағында дүньяға келген.

1980-жылы 8-санлы мектепти табыслы тамамлап, мийнет жолын райондағы МПМЗ ҳәм РСУ-2 мәкемелеринде қурылысшы, Қуламет Жыраў атындағы хожалықта шофёр болып ислеўден баслап, өндиристен қол үзбестен Нөкис мәмлекетлик университетиниң сыртқы бөлиминде Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша тәлим алды. Кейин  1986-1995-жыллары өзи оқыған мектебинде Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы, жас өспиримлер жетекшиси, директордың оқыў ислери бойынша орынбасары, 15-санлы мектептиң директоры ҳәм миллий гүрес бойынша Қанлыкөл районы сайланды командасының жас өспиримлер бойынша аға тренери, 1995-2000-жыллары ҚМУдың Филология факультетинде ассистент-оқытыўшысы, декан орынбасары болып иследи.

2000-жылдан Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитеттиң бөлим баслығы, комитет баслығының орынбасары, «Қарақалпақстан спорты» ҳәм «Қарақалпақстан аўылы» газеталарының бас редакторы лаўазымларын атқарды. 2006-2017-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы Ескек есиў федерациясының директоры болып ислеп, республикамызда ескек есиў спортының раўажланыўына ҳәм материаллық-техникалық базасының беккемлениўине салмақлы үлес қосты.

Оның усы күнге шекем «Жоражан» (2000-жылы), «Дәслепки саўға» (2001-жылы), «Қарақалпақ бокси», «Тири жетим» (2002-жылы), «Бабалар ескегине садық мектеп» 1-бөлими (2008-жылы), «Шүкирлик» (2015-жылы), «Бабалар ескегине садық мектеп» 2-бөлими (2016-жылы), «Қарақалпақстанда самбо гүресиниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы» 1-бөлими (2017-жылы), «Жетим қозы» «Бабалар ескегине садық мектеп» 3-бөлими (2018-жылы),  сондай-ақ, жоқарыда айтып өткен 2019-жылдың еки айы ишинде баспадан шығарған алты китабы, жуўаплы редактор болған  ҳәм пикир билдирген китаплары жарық көрди. Қанлыкөл районы мектеп оқыўшыларының «Қанлыкөл илҳамлары» китабының биринши, институт студентлериниң дөретиўшилигинен «Алтын дәўир нәпеси» китабының биринши ҳәм екинши топламларын, Филология факультетиниң студенти Ф.Отарбаеваның «Ядро физикасының белгили алымы», дене мәденияты факультетиниң оқытыўшысы Б.Тлеўовтың авторлықтағы «Жәҳән чемпионы белгили жаслар устазы», ветеран устаз Қ.Елмуратовтың «Алты қыз» китапларын баспаға таярлады. Әдебий, сын ҳәм илимий мақалалары, прозалық ҳәм поэзиялық дөретпелери менен республикалық басылымларда белсене қатнасып келмекте. Ол еле де китап жазыўда ҳәм китапларды баспаға таярлаўда алдыға қойған  мақсетлерине, Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасының елимизде өз көринисин табыўында белсендилик етиўден шаршамастан, даўам еттирип келмекте.

2002-2003-жыллары «Ең жақсы спорт журналисти» номинацияларының, «Қарияларды қәдирлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында шөлкемлестирилген республикалық «Ветеран спортшылар ҳаққындағы ең жақсы публицистикалық шығарма» таңлаўының жеңимпазы болды.

Ол Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дөретиўши жасларының қоллап-қуўатлаўшысы ҳәм оларға жол жоба көрсетиўши устазы. Себеби, республикалық «Қарлығаш» журналы тәрепинен баспаға таярланған «Таң сәўлеси» китабына институтымыздан 39 автордың кириўи де, әйне, А.Қаиповтың белсендилиги арқасында әмелге асырылғанын ҳәмме биледи. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы Поэзия кеңесиниң Жас дөретиўшилер дөгерегине басшылық етип, оның тәрбиялаған шәкиртлери бир қатар мәмлекет көлеминдеги таңлаўларда жеңимпаз ҳәм  Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-январьда «Китап өнимлерин баспадан шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын асырыў ҳаққында» шығарған бийлигин турмысқа ендириў бойынша Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының Қанлыкөл районындағы координаторы.

А.Қаипов ҳәзирги күнде де районлардағы мектеп оқыўшылары ҳәм институт студентлери менен ислесип, көплеген дөретиўши жасларды тәрбиялап шығармақта. Оның шәкиртлериниң бири Аллаяр Дәрменов «Ай дўст» китабын белгили шайыр Рустам Мусурманның аўдарыўында 10000 нусқада баспадан шығарыўға ериссе, Ж.Искендеров ҳәм З.Файзуллаевалар «Қарақалпақстан» баспасында өз китапларын жарыққа шығарды. А.Муҳаммадияров Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында республикамыздың жетекши шайырлары қатарында тилге алынбақта. Жүзден аслам шәкиртиниң қосықлары топламларда, орайлық басылымларда, Жазыўшылар аўқамының «Қарақалпақ әдебияты» ҳәм қоңсылас ўәлаятлардың газеталарында жәрияланды.

А.Қаиповты республикамыздың көплеген жери палўан сыпатында ҳүрмет етеди, сонлықтан оның спорт тараўындағы жетискенликлери ҳаққында мағлыўматларды газета оқырманларының нәзерине усынбақшы болғанымызда ол`

-Мен тек ғана бир районның бас палўаны сыпатында гүрестим, ең жоқарғы жетискенлигим Өзбекстан чемпионатында үшинши орын. Ал, ең генжетай қызым Дәмехан Қаипова жети жыл даўамында академиялық ескек есиў бойынша Өзбекстанда лидерлик етти ҳәм 27 мәрте Өзбекстан чемпионы, Жәҳән кубогинде 5-орын ийеси болды. Улларым Жаҳангер аўыр атлетика бойынша, Қаўендер миллий гүрес бойынша республикамызда жетекшилик етсе, Наўрызбай спорттың төрт түри бойынша Қарақалпақстан чемпионы, Азия чемпионы болған да шәкиртлерим бар. Сонлықтан да, мен устазлық тәрептен мақтана алыўым мүмкин, лекин, спортшы сыпатында мақтаныўға ҳақым жоқ,-дейди қаҳарманымыз кемтарлық пенен.

А.Қаипов белгили жаслар устазы, шайыр, дөретиўши инсан болыў менен бирге шаңарағында әдиўли әке, сүйикли ата болып, ул-қызларын, ақлықларын тәрбиялап камалға келтирмекте. Әсиресе, биз таныйтуғын, биз ҳәўес ететуғын қызы Дәмеханның 27 мәрте Өзбекстан чемпионы, қарақалпақстанлы ескекши ҳаял-қызлар арасында халық аралық жарыстың туңғыш жолламасын қолға киргизген ҳәм марафон бойынша Қарақалпақстан ҳаял-қызлары арасында туңғыш Өзбекстан чемпионы болыўы шаңарақта тәлим-тәрбияға деген жуўапкершиликтиң жоқары екенлигин билдиреди.

Биз устаз ағамызға келешеги уллы мәмлекетимиздиң қурыўшылары болған сап денели ҳәм саналы жасларды тәрбиялаўдағы ислерине ҳәм өзиниң дөретиўшилигине бәлент пәрўазлар тилеп қаламыз.

 

Улбосын КАРАМАТДИНОВА,

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетиниң студенти.

Злиха УРЫНБАЕВА,

Педагогика факультетиниң студенти.