Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлери 38-мектепте әмелият алып бармақта

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим ҳәм спорт тәрбиялық иси тәлим бағдарының 4-«д» курс студенти А.Шадманова Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-«е» классы оқыўшылары ушын оқыў сабағынан «Ҳайўанатлар әлеми» темасында ашық сабақ өтти.

Сондай-ақ, усы класс оқыўшылары қатнасыўында институт студентлери ана тили сабағынан да ашық сабақ шөлкемлестирди.