Химия-биология факультети оқытыўшылары ҳәм студентлери Мойнақтағы бағда көклемзарластырыў жумысларын алып барды
Химия-биология факультетиниң профессор-оқытыўшылары химияны оқытыў методикасы, биологияны оқытыў методикасы бағдарларының студентлери ҳәм 1-курс биологияны оқытыў методикасы магистрлары менен биргеликте 7-апрель күни Мойнақ районына сапарға шықты. Онда «Шағырлы» елатында НМПИдиң жаңадан дүзилип атырған мийўе бағында быйыл егилген нәллердиң түплерин жумсартыў, суўғарыў, салмаларын қазыў ҳәм тазалаў, төгин бериў жумыслары алып барылды.

Бағ шетин шегералаўшы ири шеллер тәртипке келтирилип, тегисленип, жүриў жолы жағдайына келтирилди.

Мийўе ағашларының түплерине 5 ҳәм 10 литрлик пластик ыдыслардан тамышылап суўғарыў жумыслары алып барылды, бағманларға үйретилди ҳәм оны суў тамтарыслығында қолланыў усыныс етилди. 2000 мың дана 5 литрлик пластик ыдыслар берилди.

Буннан тысқары, бағ ишине, сондай-ақ жаңадан дүзилип атырған УзМУ ҳәм ҚМУ мийўе бағларының қыр дөгерегине баў-бақша, палыз егинлери егип шығылды. Сондай-ақ, профессор К.Алламбергеновтың басшылығында Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының профессор-оқытыўшылары, Әжинияз бабамыздың туўған-туўысқан, үрим-путақлары менен биргеликте Уллы шайырдың туўылған күнине бағышлап бой тиклеп атырған «Әжинияз бағы»на мийўе ағашларын егиў жумысларын алып барды.

Сапар соңында Мойнақ қаласының дыққатқа ылайықлы орынларына саяхат шөлкемлестирилди.
