Педагогика факультети студентлери Хийўаға сапар етти

Мәмлекетимизде ишки туризмди раўажландырыў, бул арқалы елимиз эконмикасындағы туризмниң үлесин көбейтиў ҳәм халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың өз ўатанына деген сүйиспеншилигин арттырыў мақсетинде ишки турлар, саяхатлар турақлы түрде шөлкемлестирилмекте.

Институтымыздың педагогика факультети педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының 3-«е» курс студентлери де бос ўақытларында елимиз бойлап саяхатлар шөлкемлестириўди мақсет еткен еди.

Усы жылдың 7-апрель күни усы топар студентлери топар басшысы З.Клычева ҳәм кафедра баслығы З.Шеримбетовалар басшылығында әййемги ҳәм ҳәмийше наўқыран Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирди.

Студентлер профессор-оқытыўшылары басшылығында қаладағы әййемги естеликлер, қорғанлар менен танысып, бир дүнья тәсирлер менен қайтты.