«Нөкис пединституты» газетасының жуўаплы хаткери, шайыр Әбдиқадир Қайыпов өзи оқыған мектепке 70 дана китап саўға етти

Апрель айының 9-сәнеси күни Қанлыкөл районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы мектепте Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Жийенбай Избасқанов ҳәм «Нөкис пединституты» газетасының жуўаплы хаткери, шайыр Әбдиқадир Қайыповлардың қатнасында «Мектебим – алтын уям» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Ж.Избасқанов Ә.Қайыповтың дөретиўшилиги ҳаққында, мектептиң муғаллими Амангүл Ешмуратова Ә.Қайыповтың мийнет жолы ҳаққында баянат жасады.

Шайыр Әбдиқадир Қайыпов баспа жүзин көрмеген жаңа дөретпелеринен оқып берди ҳәм өзиниң авторлығындағы 16 атамадағы, баспаға таярлаған 7 атамадағы китапларынан 50 данасын өзи оқыған мектебиниң Мәлимлеме-ресурс орайына, сондай-ақ, 20 данасын белсенди оқыўшылар менен муғаллимлерге саўға етти.

-Әбдиқадир тек ғана мектебимиздиң емес, ал пүткил аўылымыздың мақтанышы. Жасы үлкен устазларымыз бул мектептен жазыўшы Мәмбеталий Қайыпов, илимпазлардан Қабыл Мақсетов, Меңлибек Бердимуратов, Жалғас Хошниязов, Ибрайым Өтеўлиев, Жалғас Айтмуратов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери Әбдижалий Жақсыбаев, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Азат Ешмуратов, Хорезм ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Дәрьябай Қайыпов, пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы мектептиң директоры Парахат Палымов, сондай-ақ Қайыпберген Елмуратов ҳәм Жумамбет Айтмуратов сыяқлы дөретиўши инсанлардың, Азия чемпионы Абдиғаний Абдирашитов ҳәм басқа да көплеген ел белсендилериниң тәрбияланып шыққанын мақтаныш етип, жасларға солардан ибрат алыўын айтып отырады,-дейди мектеп директоры Серегүл Зарлықова.

 

Ислам МАТЕКОВ,

Институттың баспа сөз хаткери.