Институтымыз студенти Зинатдин Нуратдинов Халықаралық бақсышылық өнери фестивалында номинация жеңимпазы болды

Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында болып өткен Халықаралық бақсышылық өнери фестивалында институтымыздың педагогика факультети музыкалық тәлим бағдары студенти Зинатдин Нуратдинов бақсы Қуўаныш Сейтимбетов пенен бирге «Социаллық тармақларда ең көп көрилген видео көринис» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Озодбек Назарбеков усы фестиваль басланбастан алдын халық арасында социаллық тармақлар арқалы кең үгит-нәсият жумысларын алып барыўда белсендилик көрсеткен жерлеслеримиз ҳаққында жақсы пикирлерин билдирип, жоқары баҳа берди ҳәм диплом, 1 миллион сум муғдарындағы ақшасумм сыйлық ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.