Студентлер турақ жайында интеллектуал ойын өткерилди

Институтымыздың студентлер турақ жайында жасайтуғын жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде жаслар аўқамы басланғыш шолкеми ҳәм «Зыялы жаслар» интеллектуал клубы тәрепинен «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди.
Онда студент-жаслар командаларға бөлинген ҳалда өз билимлерин сынақтан өткерди.
Жарыс жуўмағында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.