Математика-информатика факультети студентлери әмелиятты көтериңки руўхта жуўмақлады

Институтымыздың математика-информатика факультети информатиканы оқытыў методикасы бәгдарының 3-«а» топар студентлери өзлериниң әмелият дәўирин Нөкис қаласындағы Мәлимлеме ҳәм хабар технологиялары колледжинде алып барды.

Олар әмелият даўамында өзлерине зәрүр көнликпелерди ийелеп, устазларынан алған билимлерин беккемледи.

Әмелият жуўмақланыўына байланыслы әмелиятшы студентлер колледждиң талантлы оқыўшылары менен бирге көркем-әдебий кеше шөлкемлестирип, көтериңки кейпиятта әмелиятты жуўмақлады.