Мийнет тәлими бағдары питкериўши курс студентлериниң 17-санлы ҳәм 34-санлы мектеплердеги әмелияты
Институтымыздың физика-мийнет факультети мийнет тәлими бағдарының 4-«а» топар студентлери Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы ҳәм 34-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын алып барды.
Әмелиятшы студентлер әмелият дәўиринде өзлериниң ийелеген билимлерин әмелий түрде қолланып, келешекке мол тәжирийбелер арттырды.
Олар әмелият даўамында өз белсендиликлерин көрсетип, ашық сабақлар шөлкемлестирди.

Мийнет тәлими бағдары 4-«а» топар студенти Ж.Жумабаев мектептиң 5-«а» класс оқыўшылары ушын технология пәнинен «Ағаш усташылығы детальларын таярлаў» атамасында ашық сабақ өтти. Сабақты факультет мийнет тәлими кафедрасы баслығы Б.Дәўлетмуратов, сондай-ақ, кафедра аға оқытыўшысы Б.Авезовлар бақлап, баҳалап барды.

Сондай-ақ, усы топар студенти З.Дәрьябаева мектептиң 8-«а» класс оқыўшылары ушын технология пәнинен «Кәсип типлери» атамасында ашық сабақ өтти. Сабаққа мектептиң технология пәни муғаллимлери Г.Дәўлетмуратова ҳәм Т.Искендеровлар қатнасты ҳәм баҳалап барды.

Усы топардың және бир студенти Г.Жуманиязова Нөкис қалалық ХББге қараслы 34-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 6-«г» класс оқыўшыларына технология пәнинен «Юбка тигиў» атамасында ашық сабақ өтти. Сабақты факультет мийнет тәлими кафедрасы баслығы Б.Дәўлетмуратов, сондай-ақ, кафедра аға оқытыўшысы Б.Авезовлар бақлап, баҳалап барды.

Соның менен бирге, усы мектептиң 5-«г» класс оқыўшылары ушын мийнет тәлими бағдары студенти Ф.Каримбаева технология пәнинен «Фартукке ақырғы ислеў бериў» атамасында ашық сабақ шөлкемлестирди.
Сабаққа физика-мийнет факультети деканы Б.Ибрагимов ҳәм , кафедра аға оқытыўшысы Б.Авезовлар қатнасты.
Студентлердиң әмелият даўамындағы ийелеген билим ҳәм көнликпелери жоқары баҳаланды.