Математика-информатика факультети студентлери арасында «Китапқумар талаба» таңлаўы болып өтти

Институтымыздың математика-информатика факультети студентлери арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Китапқумар талаба» таңлаўы болып өтти.

Таңлаў улыўма 4 шәрттен ибарат болды. Студентлер 1-шәрт бойынша өзлерин таныстырыўы, китап оқыўға деген қызығыўшылықлары және китаплар ҳаққындағы ой-пикирлерин билдириўи, 2-шәрт бойынша Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама», П.Қодировтың «Юлдузли тунлар», А.Қодирийдиң «Ўткан кунлар» шығармаларынан алынған үзиндилер оқылып, қатнасыўшылар оларды табыўы, шығарма ҳаққында мағлыўмат бериўи белгилеп қойылды.

Ал 3-шәрт болса көркем бөлим болып, онда қатнасыўшылар өзлери оқыған китаплардағы ўақыяларды сахнада көрсетип бериўи, олардағы монологлар, қосықларды айтып бериўи, ал 4-шәртте қатнасыўшыларға қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән әдебиятынан сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алыныўы белгиленди.

Усы шәртлер тийкарында өткерилген таңлаўда студентлердиң билими ҳәм зийреклиги, китап оқыўға болган ықласы баҳаланды.