Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы оқытыўшылары ҳәм студентлери Урал Тансықбаевтың көргизбесинде

Усы жылдың 23-апрель күни  Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде Өзбекстан халық художниги, Өзбекстанға мийнети сиңген  көркем өнер  ғайраткери, Ҳамза атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Урал Тансықбаевтың «Туўылған үлкемиз жыршысы» атамасындағы көргизбесиниң ашылыўы болып өтти.

Оған институтымыздың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы оқытыўшылары ҳәм студентлери белсене қатнасты.