Педагогика ҳәм музыкалық тәлим кафедралары профессор-оқытыўшылары менен студентлери Тақыятастағы балалар үйине барды

Институтымыздың педагогика факультети педагогика ҳәм музыкалық тәлим кафедралары профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери Тақыятас районындағы балалар үйине барып, ол жердеги тәрбияланыўшылар ҳалынан хабар алды.

Өзлериниң таярлап келген саўғаларын балаларға тапсырып, студентлер тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.