Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы баслығы өзи оқыған мектебине китаплар саўға етти

Институтымыздың улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы баслығы, педагогика илимлериниң докторы, доцент, Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы Тәжибай Утебаев өзи оқыған Шымбай районы «Тағжап» АПЖ аймағындағы 8-санлы мектепке өзиниң авторлығындағы, сондай-ақ, көркем-әдебий, илимий бағдардағы китапларды саўға етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 19-март күни жаслар мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысында атап өткениндей, ҳәр қандай басшы лаўазымда жумыс ислеп атырған адамлар ямаса жәмийет алдынғылары болған белсенди инсанлар өзлери оқып билим алған мектеплер ҳәм оқыў орынларына китаплар саўға етиўи үлгили жумыслардың бири болып табылады.