Әскерий бөлим усыныснамасына ийе болған абитуриентлер ушын айрықша квоталар ажыратылады

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «ӨзР Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти атқарып болған пуқараларды жоқары оқыў орынларына қабыллаў тәртиби ҳаққындағы уставты тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.
Ҳүжжет жойбарына муўапық, ӨзР Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти атқарған ҳәм әскерий бөлим командирлигиниң усыныснамасына ийе болған пуқаралар ушын республика жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери шеңберинде айрықша қабыллаў квоталары ажыратылады.
Уставқа муўапық, кириў имтиханларында топлаў мүмкин болған ең жоқары баллдың 30 процентинен кем болмаған балл топлаған ӨзР Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти атқарып, әскерий бөлим командирлигиниң усыныснамасына ийе болған абитуриентлер баллардың избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда, ажыратылған айрықша квоталар шеңберинде студентликке усыныс етиледи.
Жойбарда әскерий бөлим командирлигиниң усыныснамасына ийе болған пуқаралар олар ушын ажыратылған айрықша квоталар шеңберинде, сайланған биринши жоқары оқыў орны бойынша таңлаўда қатнасыўы белгиленген.
Айрықша квота ҳәр бир жоқары оқыў орнының бакалавриатына (ҳәр бир билимлендириў түри бойынша) оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлериниң бес проценти муғдарында белгилениўи көрсетилген.
Уставқа муўапық, айрықша квоталардың жоқары оқыў орынлары кесиминдеги бөлистирилиўи ҳәр жылы ӨзР Президентиниң жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққындағы тийисли тийисли қарары қабыл етилгенинен соң еки ҳәпте мүдетте ӨзР билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланады.
Ислам Матеков.