Магистратура бөлиминде Ибрайым Юсупов шығармаларының билимданы жарысы шөлкемлестирилди

Усы жылдың 1-май күни институтымыздың магистратура бөлими магистрантлары арасында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 90 жыл толыўы мүнәсибети менен «Ибрайым Юсупов шығармалары билимданы» таңлаўы өткерилди.
Таңлаўды магистратура бөлими қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң магистрантлары, сондай-ақ, кәсиплик аўқамы шөлкемлестирди.
Таңлаўды магистратура бөлими баслығы М.Алламбергенова ашып берди.

Онда шайырдың дөретпелеринен ҳәр қыйлы сораў-жуўаплар, викториналар өткерилип, жеңимпазлар анықланды ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен сыйлықланды.