Шымбай районындағы 33-санлы мектеп оқыўшылары институтымыз бенен танысты

Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 33-санлы улыўма билим бериў мектебиниң питкериўши класс оқыўшылары бүгин, 4-май күни институтымызға келди.
Олардың көпшилиги институттың филология факультетине оқыўға тапсырыўды мақсет еткен екен. Сол себепли, филология факультетинде, сондай-ақ, институтымызда студентлердиң оқыўы, илим, билим сырларын ийелеўи ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Факультет жәмәәти жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаўдағы соңғы өзгерислер ҳаққында оқыўшыларға кең түрде түсиниклер берди.