Жаслар ушын хош хабар: Савицкий музейи алдында ҳәр шемби күни концерт шөлкемлестириледи

Республикамыз халқының, әсиресе жаслардың кешки пайытлары бос ўақытларын мазмунлы өткериў, мәдений дем алыўы ушын ҳәптениң ҳәр шемби күни саат 17:00 де Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер мүзейи алдында концерт бағдарламасы өткериледи.
Бул ҳаққында ҚР Мәденият министрлиги хабар берди.
Ислам Матеков.