Пән олимпиадаларын өткериў процеси онлайн алып көрсетиледи

Президент Шавкат Мирзиёев «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Қарар тийкарында:
– 2019-2020-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мектеплериниң 4-11-класс, академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлери оқыўшылары ушын ҳәр шеректе онлайн тәризде олимпиадалар шөлкемлестириў арқалы қәбилетли оқыўшылар резервин қәлиплестириў;
– Оқыўшы жаслардың халықаралық олимпиадалардағы қатнасын тәмийинлеў менен байланыслы, соның ишинде, суткалық, жасаў ҳәм транспорт қәрежетлери Өзбекстан жаслар аўқамының Раўажландырыў қоры қаржылары есабынан төленеди;
– Олимпиадалардың ўәлаятлық ҳәм республикалық басқышы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасыўында өткерилип, Халық билимлендириў министрлиги веб-сайты арқалы онлайн тәризде тиккелей алып көрсетиледи;
– Олимпиадалар әшкара ҳәм объектив тәризде өткерилип, нәтийжелери олимпиада өткерилген күнниң өзинде жәрияланады;
– барлық басқыштағы олимпиада нәтийжелери, соның ишинде, қатнасыўшылар ҳаққында мағлыўматлар, олардың жазба жумыслары толық мәлимлеме системасына киргизиледи ҳәм Халық билимлендириў министрлиги веб-сайтында жәрияланады.
Ислам Матеков.