Республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары және олардың муғаллимлери ақшалай сыйлықланады. Және қандай жеңилликлер бериледи?

Президент Шавкат Мирзиёев «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

 

Қарар тийкарында:

– Халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары ҳәм олардың муғаллимлери ең кем айлық мийнет ҳақының төмендеги муғдарларында бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:

1-орын (алтын медаль) ушын – 500, муғаллимине – 450 есеси;

2-орын (гүмис медаль) ушын – 300, муғаллимине – 250 есеси;

3-орын (бронза медаль) ушын – 200, муғаллимине – 150 есеси;

 

– Тийкарғы олимпиадалар республикалық басқыш жеңимпазларының муғаллимлери ең кем мийнет ҳақының төмендеги муғдарларында бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:

1-орын ушын – 50 есеси;

2-орын ушын – 35 есеси;

3-орын ушын – 30 есеси;

 

– Халықаралық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер ҳәм билимлендириў мәкемелериниң директорларына гезектеги оқыў жылы ушын директор қорынан алтын, гүмис ҳәм бронза медальлары бойынша тийисли түрде қосымша 200, 175 әм 150 процентлик үстеме төленеди;

 

– Жоқары оқыў орнын питкерген олимпиада жеңимпазлары «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен қәлиплестирилетуғын перспективалы қәнигелер резервине киргизиледи.

 

Ислам Матеков.