Өзбек әдебияты кафедрасы доценти Төрткүл районындағы мектепте мастер-класс өтти ҳәм китаплар саўға етти

Филология факультети өзбек әдебияты кафедрасы доценти К.Ташанов Төрткүл районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы мектеп-интернатта мастер-класс өтти.

Сондай-ақ, өзиниң жеке китапханасынан Абдулла Қаҳҳор шығармаларының таңламалы шығармаларының 5 томлығынан мектеп-интернатқа 2 дана (10 китап) саўға етти.