Институт студентлерине U-Report жойбарын таныстырыў илажы болып өтти

Усы жылдың 6-май күни институттың мәжилислер залында Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм ЮНИСЕФ халықаралық шөлкеми басламасы менен Олий Мажлис Сенаты және Халық билимлендириў министрлиги шөлкемлестириўиндеги U-Report – Халықаралық социаллық-инновациялық жойбарын таныстырыў илажы болып өтти.

Илажды U-Report жойбарының Өзбекстандағы координаторы Жамила Нуржанова алып барды.

U-Report – жасларды толық қамтып алыў ушын хызмет ететуғын инновациялық мобиль платформа болып, ол ҳәр бир жасқа реал ўақыт режиминде сораўнамалар, жәмийетлик талқылаўларға қатнасыў имканиятын береди.

Бул арқалы жаслар мәмлекет ҳәм жәмийетлик басқарыў илажларына қатнасып, өз пикир-усынысларын билдириў мүмкиншилигине ийе болады.

Илажда жойбардың имканиятлары бойынша сораў-жуўаплар болып өтти.

 

НМПИ баспасөз хызмети.