Шет тиллери факультети жәмәәти Нөкис қаласында жасайтуғын урыс ветеранларының ҳалынан хабар алды

Усы жылдың 7-май күни институтымыздың шет тиллери факультети деканаты, студент-жаслары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары А.Маткаримова, М.Қурбанов, Р.Қаландарова, К.Колановлар менен биргеликте ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласында жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары болған Атабай ата Ермағамбетов ҳәм Тилеўбай ата Өтепбергеновлардың ҳалынан хабар алды.
Институт ўәкиллери ветеран аталарды Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 74 жыллығы менен қызғын қутлықлады.
