Абитуриентлер ҳүжжетлерин қай жерлерге тапсырады?

Абитуриентлерден ҳүжжетлер тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2019-2020-оқыў жылының қабыллаўынан баслап, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына бакалавриатқа оқыўға кириў ушын абитуриентлер тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди.
Сондай-ақ, тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдынғы жылларда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлерден (майыплығы болған ямаса толық мәмлекетлик тәмийинлеўдеги адамлар буған кирмейди) тест сынақларында қатнасыўы ушын ең кем мийнет ҳақының ярым есеси – 101 365 сум муғдарында төлем өндириледи.
Ислам Матеков.