
Институтымыздың дене мәденияты факультети жәмәәти ҳәм студент-жаслары Нөкис қаласы №47 «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳалынан хабар алып, олардың үй алды қыйтақ жерлерин абаданластырыўға қол көмеклерин берди.