Тарийх-география факультети студентлери профессор М.Мәмбетуллаевтың шаңарағында болды

Институтымыздың тарийх-география факультетиниң бир топар белсенди жаслары еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен ветеран, тарийх илимлериниң докторы, профессор М.Мәмбетуллаевтың шаңарағына барып, атаның ҳалынан хабар алды.

Сәне мүнәсибети менен таярлаған саўғаларын тапсырды.