Билимлендириў усылларын және де раўажландырыў ушын инновациялық идеялар

Ҳәр қандай оқытыўшы ушын ең үлкен қыйыншылық – ҳәр бир оқыўшының итибарын тартып, идеяларды керекли дәрежеде түсиникли етип жеткере алыў есапланады.
Оқытыўшы сыпатында бул сораўларға анық жуўап бериў ушын класстағы оқыў тәжирийбеңизди оқыўшыларыңыз ушын және де көбирек унамлы жағдайға келтириўде инновациялық идеяларды әмелге асырыўыңыз керек.
Солай етип, оқыў усылларын қайтадан үйрениў ҳәм шынығыўларды еле де қызықлы етип шөлкемлестириўде төмендеги 10 инновациялық идеяны сабақ барысында қолланыўыңыз мүмкин.
- Дөретиўшилик билимлендириў
Дөретиўшиликти хошаметлейтуғын қураллардан пайдаланың. Жас оқыўшыларды қызықтыратуғын ҳәм олардың қызығыўшылықларын оятатуғын ойынлар яки шынығыўлар менен сабақты алып барың. Дөретиўшилик етиў ушын оқыўшылардың еркин пикирлеўине жол ашып бериң.
- Аудио ҳәм видео қураллар
Имтиханлар ўақтында сабақлықларды толтырыў ушын аудио-визуал материалларды қосып қойың. Бул модельлер, фильмлер, сүўретлер, инфографика яки басқа ақылды, мийди раўажландырыў қураллары болыўы мүмкин.
Егер сиз техникалық жақтан саўатлы болсаңыз, мектеп оқыўшыларына слайдшоу яки презентациялар жаратыў ушын жүдә әпиўайы интерфейске ийе болған “ақыллы бағдарламалар” (конструктор)дан пайдаланың.
- Ҳақыйқый дүньяны үйрениң
Теориялық ҳәм әмелий көрсетпелерге ҳақыйқый дүнья тәжирийбелерин байланыстырған ҳалда сабақты шөлкемлестириң. Бунда оқыўшылардың сабаққа болған қызығыўшылығы оянады, балаларды қуўантады ҳәм қызықтырады.
- Класс сыртындағы класслар
Айырым сабақлар “класстан сыртта” оқытылғанда жақсы үйренилген. Сабақларға сәйкес келетуғын режели саяхатларды шөлкемлестириң. Бундай класс сыртындағы классларда оқыўшылар жаңа ҳәм қызықлы билимлерди ийелейди, излеп табады. Жүдә көп ҳәрекет етпестен, олар сизиң үйреткен билимлериңизди үйренеди ҳәм жақсы еслеп қалады.
- “Role Play” атқарыўы
““Role Play” арқалы үйретиў – балалар өзлериниң комфорт зоналарынан шығыўға ҳәм олардың жеке билимлерин раўажландырыўға жәрдем бериўдиң әжайып усылы. Бул усыл әсиресе, әдебият, тарийх яки қурамалы ўақыяларды үйренип атырғанда пайдалы. Оқыўға кирисиў, оқыўшыларға илимий материаллардың оның күнделикли ўазыйпалары менен қандай байланыслылығын түсиниўге жәрдем береди.
“Role Play”ды пайдаланыў дерлик барлық жастағы оқыўшылар ушын жүдә пайдалы. Тек ғана оқыўшыларды топарларға дурыс бөлистириўиңиз керек.
- Биргеликте ислеў
Ҳәр бир инсан билгениндей, биргеликтеги ис-ҳәрекетлердиң жуўмақлы нәтийжеси ҳәмийше үлкен. Қәнигелигиңиз бойынша жақсы нәтийжелерге ерискен адамлар менен биргеликте мазмунлы ўақыт өткериў ҳаққында ойлап көриң. Олар менен пикир алмасыў, әлбетте, жүдә пайдалы болады. Олардан оқытыў усылларын раўажландырыў бойынша өз пикирлери менен бөлисиўди сораң. Олардың көпшилигинде қызықлы стратегияларды көриўиңиз мүмкин.
- Ойлап табыўшылық ҳаққында жазылған китапларды оқың
Ойлап табыўшы оқытыўшы болыў ушын сиз реал идеялар ҳәм техникалар бойынша айырым изертлеўлер алып барыўыңыз керек.
Бул бағдар бойынша жүдә көплеген китаплар бар.
Ең жақсы жумыслардан бирин сайлаң ҳәм үйрениўди баслаң, сизиң кәсиплик раўажланыўыңызда пайдалы болады.
- Ребуслардан пайдаланың
Ҳәзирги ўақытта көпшилик раўажланған мәмлекетлерде оқыўшылардың логикалық қәбилетин асыратуғын жаңадан-жаңа метод ҳәм технологиялардан кең қолланылып келинбекте. Усындай методлардың бири Ребус методы есапланады. Бул метод оқыўшыларды өтилип атырған сабаққа қызығыўшылығын арттырады ҳәм пән бойынша глоссарий сөзлерди еске түсириўге жақыннан жәрдем береди.
- Электрон қолланбалар жаратың
Қәнигелигиңиз бойынша барлық материалларды (сабақлық исленбе, тематикалық жоба, презентация ҳәм т.б.) электрон қолланбаға орналастырың. Бундай электрон қолланбалардан пайдаланыў нәтийжесинде қағазбазлықты азайтыў имканияты пайда болады. Электрон қолланбаны оқыўшыларға тарқатың ҳәм оқыўшылар сабақларды көшеде, үйде, машинада ҳәм т.б. орынларда ҳәр түрли формада (видео, аудио, анимациялық) информацияны өзлестириўге имканият жаратың.
- Социаллық тармақ ҳәм мессенджерлерде каналлар арқалы оқытың.
Бүгинги информацияласқан әсирде көпшилик оқыўшылар мобиль телефонлардан пайдаланады ҳәм бос ўақытларын мессенджерлерде өткереди. Заманагөй оқытыўшылар қатарынан орын алыўды қәлесеңиз сабақларды мессенджерлерде канал яки группаларда қызықлы викториналар шөлкемлестириў арқалы оқыўшыларды өз аудиторияларыңызда бирлестириң.
Мобиль билим бериў арқалы оқытыўды шөлкемлестириўде, телеграм мессенджеринен пайдаланың. Себеби, телеграм мессенджери интерфейси аңсат, оқыўшылар пайдаланыўы ушын жүдә арзан ҳәм телеграмнан пайдаланыў бойынша Өзбекстан дүньяда 2-орынды ийелейди.
Жоқарыдағы билим бериў усылларын сабақ барысында қоллаў нәтийжесинде, сиз жеке раўажланасыз ҳәм жәмәәт арасында абройыңыздың көтерилиўине ерисесиз.
Әдил Кеңесбаев,
НМПИ магистранты.