НМПИ студентлери «Тафаккур синовлари» таңлаўының финаллық басқышына жоллама алды

Усы жылдың 24-май күни Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Тафаккур синовлари» таңлаўының аймақлық басқышы болып өтти.

Таңлаўдың аймақлық басқышында Үргениш мәмлекетлик университетиниң «Ворислар», Бухара мәмлекетлик университетиниң «Ирфон», Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтының «Фемида», Термиз мәмлекетлик университетиниң «Ўзбек мўжизаси» ҳәм Қарақалпақстан Республикалық басқышында жеңимпаз болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ғәрезсизлик жаслары» командалары қатнасты.

Таңлаў уставына муўапық 4 шәрттен ибарат болған жарыста қатнасыўшылар өзлериниң социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий саўатлылық дәрежеси ҳәм белсендиликлерин көрсетти.

Таңлаў жуўмағына бола улыўма 202,3 балл топлаған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ғәрезсизлик жаслары» командасы 1-орынды ийеледи ҳәм таңлаўдың финаллық басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ислам Матеков.