«Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен институтымыздың 4 факультети деканлары «Меҳрийбанлық үйи» ҳәм «Мүриўбет үйи» тәрбияланыўшыларынан хабар алды
1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим, шет тиллери, филология ҳәм дене мәденият факультети деканлары Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрийбанлық үйи», сондай-ақ, Нөкис қаласында жайласқан майыплығы болған ҳаял-қызлар «Мүриўбет үйи» интернатына барып, тәрбияланыўшылардың жағдайынан хабар алды.
Оларға байрам тилеклерин айтып, таярлап келген байрам саўғаларын тапсырды.
