Педагогика факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшыларына саўғалар уласты
Усы жылдың 31-май күни институтымыздың педагогика факультети профессор-оқытыўшылары З.Қлычева, А.Дәўекеева, сондай-ақ, факультеттиң 3-«е» топары ҳәм музыкалық тәлим бағдары студентлери «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшыларының ҳалынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын тапсырды.
