Институтымыздың бир топар профессор-оқытыўшылары Мойнақта үгит-нәсият жумысларын алып барды

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районына барған сапарында «Мәденият енди Мойнақтан басланыўы керек» деген сүренин алға қойған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 6-майдағы 24-санлы баянламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-майдағы 07-08/10-05/288-санлы мәжилис баянламасы менен тастыйықланған реже тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы халқы арасында «Мәденият енди Мойнақтан басланыўы керек» деген сүрен астында руўхый-ағартыўшылық, агитация-пропаганда жумыслары алып барылмақта.

2019-жыл 12-июнь күни Мойнақ районы 9-санлы мектепте «Бозатаў» МПЖ турғынлары ҳәм мектеп оқыўшылары, 12-санлы мектепте «Мәдели» МПЖ турғынлары, колледж оқыўшылары менен Әжинияз атындағы НМПИ кафедра баслықлары – «Ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасы баслығы Ф.Отенова, «Зоология ҳәм адамморфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы» кафедрасы баслығы Ш.Алламуратов, оқытыўшылар Л.Романова, Г.Палўановалар «Саламат турмыс тәризи ҳәм саламатлық мәденияты» темасында ушырасыў семинар өткерди. Олар өз сөзинде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң қарар ҳәм пәрманларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылғанын, атап айтқанда, халқымыздың жасаў тәризин жақсылаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, келешегимиз болған баркәмал әўлад тәрбиясына үлкен итибар қаратыў бойынша жаңа механизмлер ислеп шығылып атырғанлықлары ҳаққында айтып өтти.
Пухаралар арасында руўхый-жәмийетлик орталықты және де саламатластырыў бойынша, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер, реформалар ҳақкында мағлыўматлар берди.