«Жаслар күни» байрамына арналған гала-концерт қашан ҳәм қай жерде болып өтеди?

30-июнь – Жаслар күни байрамы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы амфитеатрда саат 19:00 ден 21:00 ге шекем «Жаслар – Өзбекстан келешеги» ураны астында гала-концерт болып өтеди.

Сондай-ақ, гала-концерт шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Хошамет» сыйлықлаў салтанаты да болып өтиўи жобаластырылған.

Республикамыздың барлық пуқараларын байрам мүнәсибети менен өткерилетуғын илажларға қатнасыўға шақырып қаламыз.

 

Ислам Матеков.